Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  22 | 23 | 24 | 25 | 26  >  >>

ге, қудайсыз сыпатында мәңги дозаққа гириптар болады. Бирақ оның жазасы қудайсызларға қарағанда жеңил болады. Аралық жағдай гейде «атлар ҳәм жағдайлар» (араб ал-асма ва-л ахкам) фразасы менен белгиленди. Себеби гүнакар адамның аты (динге исениўши ҳәм исениўши емес ямаса гүнакар) оның квалификациясы менен байланыстырылды. Бунда ҳәм буннан кейин дүньядағы оның статусынан келип шыққан көз-қараста.
t. Ҳәмир етиў ҳәм қадаған етиў (араб ал-амр ва-л-маъруф ва-м-ахиъан ал-мункер) - Мутазилитлер, хариджитлер ҳәм шийитлер ушын улыўма жолдай. Бул барлық мусылманларды жақсылық триумфын барлық қуллар менен әмелге асырыўды мусылманларға миннетлендирди. Бунда зорлаў демек жаманлыққа қылыш пенен қарсы турыў ҳәм бийкарланбады. Буны әдетте мутазилитлер сиясий мәселелер менен ассоциациялады.
Мутазилитлердиң «адлийюн», «адлиийя» (справедливый) ҳәм «ахд адл» (защитники справедливости) бул бес пункттиң бириншилери менен байланыслы. Олардың басқа, улыўма аты «ахл ал-адл ва-т-тавхид» (защитники справедливости и монотеизма) дәслепки еки принципти сәўлелендиреди. Мутазилитлердиң адамның еркиниң еркинлиги ҳаққында тәлийматы олардың қарсыласыўына оны кадарит деп есаплаўға тийкар берди. Бирақ мутазилитлердиң өзлери бул атаманы бийкарлады. Ол хадисте бийкарлаўшылық әҳмийетке ийе болды, «кадаритлер - это маги этого (мусульманского общества)». Дуализм, еки дөретиўшини мойынлаў, мутазилитлердиң адам туўралы тезислеринде көринис табады. Мутазилитлердиң адам туўралы тезиси - адам өзиниң ис ҳәрекетиниң дөретиўшиси, қудай жаманлықтың дәреги емес. Мутазилитлердиң пикиринше «кадарит» эпитети көбирек олардың оппонентлерине, фаталистлерге тән. Себеби олар «кадир» туўралы, демек алдын-ала белгиленгенлик ҳаққында үйретти. Мутазилитлер бул оппонентлерди джабритлер (араб джабр -принуждение) деп атады. Се

Страницы: <<  <  22 | 23 | 24 | 25 | 26  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: