Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  21 | 22 | 23 | 24 | 25  >  >>

ны жалғыз, руўхый (абстракт, бөлинбейтуғын) ҳәм белгиленбейтуғын, анықланбайтуғын (непознаваемый) деп түсиндирди. Мәңгилик тек жалғыз қудайға тийисли болғанлықтан Қуран мәңги бола алмайды, себеби Қуранды мәңги десек, мәңгиликти екилендирип аламыз. Демек, Қуранды қудай дөреткен, оның дөретпелериниң бири.
w. Әдиллик (араб адл) - қудайлық әдиллик адамның ис-ҳәрекетлеринде оның еркинлигин талап етеди. удайдың тек жақсы нәрсени дөретиў уқыплылығын талап етеди. Оннан (қудайдан) ҳеш ҳәм жаманлық шығыўы мүмкин емес. Бундай тәлиймат мутазилитлер ушын ериктиң еркинлиги ҳаққында ҳәм тәғдийрдиң фаталь түрде алдын-ала билиўлигин бийкарлаўға тийкар болды.
e. Қәде ҳәм қорқытыў (араб ал-ваъд ва-л ваъид) - қудай өзиниң ўәдесин ҳәм қорқытыўын әмелге асырыўы тийис (Егер ол тил алғышларға бейишти, гүнәкарларға дозақты ўәде қылған болса). Сонлықтан пайғамбардың болысыўы (заступничество), алланың кеширимли адам ислеген ҳәрекети ушын тийисли баҳалаўдың характерин өзгерте алмайды.
r. Аралық жағдай (араб ал-манзила байна-л-манзи латайн). Аўыр гүна ислеген мусылман динге исениўшилердиң қатарынан өтеди (либерал мурджитлер оны динге исениўши деп квалификациялап еди), бирақ атеист бола алмайды (қатаң хариджитлер усылай үйретти). Олардың арасында, аралық жағдайда болды. Васил ибн Ата бундай мусылманларды гүнакар (грешник), (фасик) десе, Хасан ал-Басри оларды еки жүзли (мунафик) деп атады. Бул қарама-қарсылық, келиспеўшилик мутазилитлердиң устазының дөгерегинен шығыўына себеп болды. Гүнакар, олардың пикиринше, мусылман жәмийетиниң ағзасы сыпатында барлық өзиниң ҳуқықларын сақлады (өмирдиң ҳәм меншиктиң қәўипсизлиги, басқа мусылманлардан мийраслаў ҳ. т. б. ). Бирақ, гүнакар халиф я имам бола алмайды. Басқа дүньяда гүнакар, егер ол өлим алдында тәўбеге келмесе, ғайры диндегилер менен бир

Страницы: <<  <  21 | 22 | 23 | 24 | 25  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: