кеширилмейтуғынын айтып, мақуллап, Омейядлардың нызамлы властын мойынламады, оларды кәпирлер сыпатында қарады. Олар исламды власть ушын урыс баслады деди. Буннан халифтың тахтын ийелеген ғайры диндегилерге гүрестиң зәрүрлиги келип шықты.
Мурджитлер, керисинше омейяд халифлериниң властын қоллап қуўатлады. Олардың пикиринше, Омейядларды гүнасы ушын ғайры диндегилерге киргизиўге болмайды, ақыры, олар ҳәм мусылманлар, халифлар. Оларға ҳәмме бағыныўы тийис. Бундай пикир алдын-ала белгилениў туўралы спорлы мәселеге байланыслы сиясий әҳмийетке ийе болды. Фаталь дәрежеде алдын-ала белгилениўди мойынлаў Мухаммедтиң миссиясының қудай тәрепинен алдын-ала белгиленгенлигин аңлатты, демек халифлердиң властының (пайғамбарлардың мийрасхорлары сыпатында) нызамлылығы алдын-ала белгиленди. Ал ериктиң еркинлиги керисинше халифлердиң властына шек келтирди. Сөйтип джабиритлер халиф тәрептарлары, кадаритлер, шиитлер ҳәм басқа да гейбир секталар, ағымлар жийи-жийи халифлердиң властына қарсы ҳәрекеттиң басында болып қалды.
Тәғдийрдиң алдын-ала белгиленгенлик идеясы халифлер ушын жүдә мақул түсти, қоңсы халықлардың, еллердиң территорияларын басып алыў ушын мудамы «кийели урысларды» (священные войны) жүргизди. Буның басқада себеби әскерлердиң өз тәғдирине исенимин, олардың қорықпайтуғынлығын, батыллығын ҳәм фанатизмин күшейтти.
Мутазалитлер
Мутазалитлер кадаритлердиң идеяларын раўажландыра отырып, тәлиймат ҳәм догмалардың тутас системасын ислеп шықты. Бул Александрия арқалы Араб халифатына кирген рационализмге тийкарланған, грек логикасының ҳәм философиясының түсиниклерине ҳәм методларына тийкарланған биринши диний мектеп болды.
Мутазалит тарийхында белгили ойшыллардың атлары менен ассоциацияланған көп ғана топарлар болды. IX ҳәм X әсирдеги бас мектеплер - Басра ҳәм Бағда
Страницы: << < 19 | 20 | 21 | 22 | 23 > >>