Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  17 | 18 | 19 | 20 | 21  >  >>

ының тийкарғы орайлары болды.
Врачлардың, алымлардың ҳәм философлардың белгили Александрияның мектеби араблардың қол астында өмир сүриўин даўам етти. Бул мектеп халиф Омар II ниң басқарған ўағында Антиохияға, соңынан (it0-жылға жақын) Харранға, Мессопотам қаласына көшти. Бул қала Александр Македонский дәўиринен баслап эллинизмниң ҳәм оның тәлийматының орайы болып қалды. Бул жерде ески грек культлары грек дүньясын христианластырғаннан кейин баспана тапты.
Араб тили. Сирияда, Иранда сириялық тилдиң, Сирия Египетте грек тилиниң, Иберий ярым атаўында латын тилиниң орнын басып, араблар, перслер, турклер ҳәм халифаттың басқада халықлардың мәдений жақтан интеграцияланыўын қуралға, илимниң ҳәм мәденияттың тилине айналды, ҳәр қыйлы этникалық группаларға тийисли саўатлы, билимли адамлардың қатнас қуралына айналды.
Дәслепки ўақытлары ислам Мекка ханифизминиң идеологиясы болды. Ислам тәлийматын, дәстүрлерин, әдеп-икрамлық-ҳақыйқый тастыйықнамаларды ислеп шығыў XI-XII әсирлер аралығында даўам етти, исламның биротала феодаллық жәмийеттиң идеологиясы сыпатында биротала қәлиплесиўи дәўиринде тамам болды. Бул процесс илимий билимниң ислам менен өткирлескен гүресинде, шығыслық аристотелизмниң диний дүньяға көз-қарас пенен гүресинде әмелге асырылды. Бул әсиресе VIII-XII әсирлерде илим ҳәм философия раўажланғанда, өзиниң гүллеў дәўирине жеткенде жүдә күшейди.
VII-VIII әсирлер аралығында биринши диний кружок ҳәм мектеплер пайда болады. Олар догматика мәселелери бойынша талқы ҳәм пикирлеўлерди баслады. Тийкарғы дискуссиялық проблемалар қудай ҳәм оның атрибутлары, ериктиң алдын-ала белгилениўи ҳәм еркинлиги, мусылманлық ҳәм гүнә түсиниклери ҳ. т. б.
Бул өткир дискуссиялар ерик еркинлиги ҳәм оның алдын-ала белгилениўи туўралы мәселени көтерди. Қуранда, оның сәйкес аятл

Страницы: <<  <  17 | 18 | 19 | 20 | 21  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: