арында екеўин ҳәм тастыйықлайтуғын пикир бар. Дәслепки исламның жағдайында тәғдийрдиң ҳәм адамның ҳәрекетиниң алдын-ала белгиленгенлиги ҳаққында мәселе бар. Бул уранның өз ҳәрекети ушын жуўапкершиликли ҳәм гүналы ис ушын қудайдың жазалаўы бар. Бул қарама-қарсылық бурын оншалық саналы түрде анықланбағаны менен, кем-кем дин алымларының дыққатын өзине тарта баслады.
Мәселен Адам қалай өзиниң гүналы ҳәрекетлери ушын, егер оның ҳәммеси қудай тәрепинен белгиленген болса, жуўап бере алады, қалайынша аллатаала адамның гүналы ислерин алдын-ала белгилейди, егер ол жаманлықтың дәреги болмаса, адамның өз иси ушын жуўапкерлиги болыўы оның өзиниң ис-ҳәрекетлеринде ерикли болады ҳәм қудай тәрепинен алдын-ала белгиленбегени емеспе?
Бул қарама-қарсылықларды дин ушын шешиў, анаў я мынаў догматтан ўаз кешпей шешиў қыйын болды. Бул мәселе бойынша дискуссия VII-IX әсирлерде джабаритлер (араб. джабария - зорлаў, күшлеў) адамның ҳәрекетин, тәғдирин алдын-ала белгиленген деўдиң тәрептарлары ҳәм кадаритлер (араб. кадария - власть, демек адамның өзиниң ис-ҳәрекетлери үстинен ҳүкими) - қудай әдил, соның ушын ол жаманлықтың дәреги бола алмайды, соның ушын гүналы ис алдын-ала белгиленбейди. Демек, адам өз ҳәрекетлеринде ерикли ҳәм ол ушын қудай алдында жуўап бериўи тийис.
Солай етип джабаритлер - тәғдирдиң алдын-ала белгиленгенлигине, кадаритлер - адам еркиниң еркинлиги ушын ой жүргизди. Кадаритлер тәлийматын келешекте мутазалитлер (араб, мутазила - бөлинген), Хасан аль-Басраның (ywr-uwi) өзиниң муғаллиминен бөлекленген оқыўшылары, шәкиртлери даўам еттирди. Мутазилимниң тийкарын салыўшы Васил ибн Ата болды.
Әлбетте уллы гүна, адамның еркиниң ҳәм алдын-ала белгиленгени туўралы мәселе сол ўақыттағы конкрет сиясий проблемалар менен байланыслы болды. Мәселен, хариджитлер аўыр гүнаның
Страницы: << < 18 | 19 | 20 | 21 | 22 > >>