Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  81 | 82 | 83 | 84 | 85  >  >>

рати (qyewж. ), Хийўада Араб Мухамммед медресеси, Анушаның «Ақ мешити ҳ. б. мешитлер, медреселер салынды.
Мырза Бедил өзинен кейинге көп ғана мийнетлер қалдырды «Чор унсур («Төрт элемент), Нукот («Өткизгишлер), «Ирфон (Билиў), Рубойет (Төрт қатарлық), «Газали (әззеллер) ҳ. б.
Бедил өз шығармаларында шығыс перипатетиклериниң ең жақсы дәстүрлерин даўам еттирди. Ибн Сино сияқлы ол дүньяның мәңгилигин ҳәм өзгерислилигин тастыйқлайды. Материя басламаға да, ақырғыға да ийе емес. Ол пантеист болды. «Вахдат-мавжуд позициясында болды. Мәниси жасап турғанның бирлиги. Өзиниң шығармаларында дүньяның бирлигин мақуллады ҳәм онда қудайдың қатнаслығын, предметлер менен затлардың мәңги өзгериси туўралы айтады. «Ирфонда ойшыл жазадыБарлық затларда бөлекшелердиң өзгериси болады, усыған ылайық жаңа пайда болады бул таң қаларлық сырлы қубылыс зәрүрликтен әмелге асады, бул зәрүрлик предметлердиң өзлеринде ҳәм олардың өз-ара қатнасларында ҳүким сүреди. Мәселен, май, пилик ҳәм оттың бирлиги зәрүрлик бойынша отты берип тур. Узақ өмир ҳәм аўқатланыў барысында ҳайўанлардың асқазанында тас пайда болады. Пуўланыўдың ақыбетинде «жаўын жаўады ҳ. т. б.
Дүнья мәңги ҳәм мудамы ҳәрекетте. Бедил дүньяның тийкары сывпатында ҳаўаны алады. Бедил форма ҳәм материя ҳаққында пикир айтады. Оның пикиринше олар бирликте. Ол форманың пайда болыўына шекем мазмун жоқ, материяның пердеси ашыламан дегенше форма белгиленбеген. Материя формалар дүньясында жасырын-ишки, ал форма материяда мүмкиншиликке ийе. Егер материя формасыз болса, онда форма қаяқтан пайда болады, егер форма күшли кийим болса, онда материя неге кийинен болады?
Бедил адамның билиў мүмкиншилиги туўралы ҳәм айтады. Оның пикиринше, билиўдиң биринши басқышы сыртқы сезимлер арқалы әмелге асады. Ақыл-ой, ойлаў билиўдиң бираз жетилген басқ

Страницы: <<  <  81 | 82 | 83 | 84 | 85  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: