әм тийкарғылықты анықлаў болады. Ақыл-ой баҳалы сый, адамның байлығы. Адам ҳәммесинде ақыл-ойдың арқасында сынап биледи.
Наўайы билимниң сезиўлик басқышына ҳәм үлкен дыққат бөледи. Адам предметлердиң ҳәм қублыслардың сыртқы тәреплерин тәбият ҳәм қудайдан берилген сезим органлары қабыллайды.
Наўайының пикиринше, бахытлы болыўды қәлейтуғын адам жер бетиндеги өмирге ҳәр тәреплеме қызығады, тәбият күшлерин өзине пайдаланыўы ҳәм бағындырыўы керек, өзин өзи жетилдириў менен шуғылланады ҳәм мийнет етиўи тийис.
Белгили, Наўайы суфилик көз-қарасларды изертлеўде накшбандизм өзиниң гуманистлик идеяларын жетикизиўдиң жолы болды. Соң сиясий көз қарасларында Наўайы мәмлекеттиң ролине әҳмийет берди, елди басқарыўға, ҳәкимниң ислерине ҳәм жүрис турысларына, оның пухараларға қатнасына ҳ. т. б үлкен дыққат бөлди.
Мәмлекеттиң басында саўатлы ҳәким турыўы тийис. Ол өзиниң пухараларына әдил қарайды, өзлериниң абаданлығы ушын тәмийинлейди, елди гүллендириў туўралы ойлайды.
Гуманизм ҳәм улыўма адамлардың идеялары урыс ҳәм парахатшылық проблемасына байланыслы оның қатнасында көринеди. Өмир бойы шайыр урысларға, өз-ара соқылығысларға, күшлеўге, аразласыўларға қарсы шықты. Ол ҳәкимлерди әззиллерге қол көтериўге, гүнасыз адамларды өлтимрмеўге шақырады. Фарҳад ҳәм Шийрин поэмасының бас каҳраманы Фарҳад, Харсаўға муражаат қылып, оның басып алыўшылық урысларын қаралайды.
Шайыр өзиниң мийнетинде әдалат, адамгершилик, кишипейиллилик, ақыллық, өз-ара жәрдем, халықлардың дослығы туўралы жазады.
Азербайжан, Иран, Андижан, Орайлық Азия әдебий мийрасын жақсы уйренеди. Өз гезегинде оның дөретиўшилиги ҳәм Жақын ҳәм Орта Шығыстың еллериниң поэтикалық ойының раўажланыўына тәсир етти.
Наўайы адамлар арасындағы ҳақыйқый дослықты жырлады. Наўайының шығырмаларындағы бас каҳр
Страницы: << < 76 | 77 | 78 | 79 | 80 > >>