Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  75 | 76 | 77 | 78 | 79  >  >>

. Наўайы қурғын адам болып, өзиниң байлықларын больницалар салыўға, мешитлер, көпирлер, медреселер, иррригациялық қурылыслар салыўға жумсады. Илим ҳәм мәденияты раўажландырыў ушын көп нәрсе иследи, шайыр, алымлардың қәўендери болды.
Алишер Наўайының мийнетлери әдебиятқа, философияға, этикаға, лингвистикаға, эстетикаға, музыкаға, тарийққа, поэзияға ҳәм табият таныў илимлерине арналған. Ол e0 аслам шығарма жазды. Олардан оғада беллилери: «Искандердиң дийўалы», «Фарҳад ҳәм Шийрин», «Лайли ҳәм Мажнун», «Саъбан сайер (жети планета)», «Хайратгул аброр (Дилбардың албыраўы)», «Еки тил туўралы пикир», «Сүйген жүрек», «Палўан Махаммедтиң өмир баяны», «Пайғамбарлар ҳәм данышпанлардың тарийхы», «Муншоат» («Саға»-«Исток») ҳәм тағы басқа.
Наўайының көз-қарасының қәлиплесиўинде әийемги грек философларының философиялық ҳәм гуманистлик көз-қарақаслары, IX-XII әсирдеги Орайлық Азия ўәкиллериниң миллетинен шайырлар Фирдоуси, Низами, Саади Ширади, Хысраў Дехлеви ҳ. б. табият таныў ҳәм философиялық мийрасы үлкен роль ойнады.
Наўайының дүнья көз-қарасы пантеизм ҳәм суфизм идеяларына тийкарланған. Ол өзиниң дүньяны түсиниўде ол қудайдың, тәбияттың ҳәм адамның бирлигинен келип шығады. Ойшыл бир нәрсеге исенеди, адам жер бетинде бахытқа ерисиўи мүмкин. Бул ушын ол шаршамастан тәбият сырларын билиўге умытылады, оны уйренип байлықлары менен пайдаланыўға умытылады.
Шайыр адамды улығлайды ҳәм оны қудай деп санайды. Қудай оның ойынша Әлемниң, соның ишинде адамның дадөретиўшиси ҳәм дәреги. Өз гезегинде адам ҳәм тәбият, қудай дөреткениниң ең жақсысы.
Гносеология мәселесинде Наўайы рационализм позициясында турады. Оның ойынша, рационалық билиў процессиниң тәўирақ жетилген басқышы. Себеби, оның көмегинде, арқасында сезиўлик берилгенлерди улыўмаластырыў, қублысларда улыўмалықты ҳ

Страницы: <<  <  75 | 76 | 77 | 78 | 79  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: