аслады. Бухара, Хожент, Термез ҳәм басқа қалаларға көп зыян тийгизди. Халықты, турғынларды он мыңлап қырып таслады.
Мавереннахр ҳәм Орайлық Азияда монғолларға қарсы гүреслер болып турды.
Мәселен, Хорасанда миллий-азатлық гүрес нәтийжесинде пайда болған мәмлекет ңө жыл өмир сүрди. (Сарбадарлар мәмлекети) Амир Темурдың ағасы (әмекиси) Ҳожи Барлас таманынан Шахрисабз ҳәм Қаршы шәҳәрлеринде пайда болған ҳәм бирнеше жыл ҳүким сүрген бийғәрез мәмлекет дүзилгенлигин бийкарлаў мүмкин емес.
Мавереннахр халықларының монғоллардан азат болыўында Амир Темурдың роли жоқары. Саҳибқиран Амир Темур әқў0-жылы Амир Хусайнды жеңип, Балхты басып алғаннан соң, өзин Мавереннахрдың бирден-бир ҳүким сүриўшиси деп дағазалады. Соңынан, Бухара, Хорезм, Алтын Орда, Ирак, Кавказ арты, Киши Азия, Мысрға дейин, Арал теңизиниң арқасынан Ҳиндистанға дейин болған үлкен империяны өзине қаратты.
Президент И. Каримов Амир Темурдың үү0 жыллығына байланыслы салтанатта «Амир Темур - әдалатпарвор, маърифатпарвор ҳүкимдар, дәў жүрек сәркарда ҳәм узақты көре алатуғын буюк аллома» деген еди.
Амир Темур сөз жоқ, монғоллардың азабынан халықты қутқарды, орайласқан уллы мәмлекет қурды.
Мавереннахр ҳәм Хорасанда өнерментшилик, саўда-сатық кең дәрежеде раўажланды. Дийханшылық жақсы раўажланды, қалаларды қайта тиклеў ҳәм ремонтлаў ислери әмелге асырылды. Әжайып архитектура биналары салынды. Аўылларда ирригация шақапшалары, егислик майданлар кеңейди. Шәҳәрлер гүркиреп раўажланды. Илим ҳәм мәденият гүллеп раўажланды. Темурийлердиң пайтахтлары болған Самарқанд, ҳәм Герат айрықша табысқа еристи. Самарқанд жүдә абат болып кетти.
Шаҳизинда, Гур-Әмир мақбаралары, Бийби-Ханым мешити, Регистан майданы, Абу Дари комплекси, медресе, мешитлер, монументаль биналар сыяқлы ансамбллер шәҳәрди жүдә безе
Страницы: << < 67 | 68 | 69 | 70 | 71 > >>