Абу-л- Аббас Мамун ибн Мамунның сарайында үлкен лаўазымды ийелейди.
Ибн Мамун өз сарайында ири алымларды жыйнайды. Олар Абу Али Ибн Сина, Абу Сахл ал-Масихи, тәржиман ҳәм философ Абу-л Хаир Хаммар, шайыр ҳәм әдебиятшы Абу Мансур ал- Саалиби, математик ҳәм астроном Абу Наср Ибн Ирак ҳ. б.
Беруний өзиниң дөретиўшилик жолының басында ақ жас Ибн Сина менен хат жазысады. Онда бас философиялық, космологиялық ҳәм басқа да мәселелер қаралады. q0qu-жылы Хорезм Махмуд азнавийдиң әскерлериниң басып алыўына тап болады. Махмуд тәрепинен азнаға алып кетилген алымлардың арасында Беруний ҳәм бар еди. q0wt-жылы ол өзиниң әҳмийетли шығармаларының бири - Геодезияны жазып питкерди.
азнада Беруний индологиялық изертлеўлер жүргизди. Нәтийжеси - Индия (q0e0) мийнети. Соңынан Маъсуд канонлары мийнетин жазады. Бунда математика, астрономия, геофизика ҳ. б. мәселерди қарайды.
q0re-ж. Қымбат баҳалы затларды танып билиў бойынша мағлыўматлардың жыйнағы мийнетин жазады. Бул әдебиятта Минералогия аты менен белгили. Фармакология мийнетин жазыўға киристи. Бирақ өлим кесент берди. Оның qt0 ге жақын мийнети бар.
Берунийдиң пикиринше, философияға жол тәбияттаныў илимлери менен болады. Тәбияттаныў илимлери философияны терең түсиниўге мүмкиншилик береди. Тәбият илимлери философиядағы метод ҳәм дәлиллеўлерди ислеп шығыў ушын жәрдем береди. Тутас алғанда Беруний философияны, болмысты танып билетуғын илим деп анықлаў пикирине қосылады. Тәбият белигили нызамларға бағынған барлық материаллық қубылысларды, пүткил қоршаған дүньяны өз ишине алады. Беруний тәбийий күшке ийелердиң ҳәммесин де, ҳақыйқатлықтың нызамлы процессин аңлататуғынның бәрине жийи-жийи тәбият деп атайды. Тәбият илимлер фактларды алатуғын область ғана емес, соның менен бирге обьектив реаллықтың фактларын, тәбиятты түсинди
Страницы: << < 57 | 58 | 59 | 60 | 61 > >>