Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  47 | 48 | 49 | 50 | 51  >  >>

бешийликтен ажыратып биледи, жақсыны жаманнан, пайдалыны зыяннан айырып биледи, илим ҳәм искусствоны меңгереди.
Фараби: адамның барлық билиўлик-психикалық уқыплары жанның ҳәрекети ҳәм күши.
Бул күшлердиң дене органынан ғәрезлилигин, демек, психикалықтың материаллық пенен белгиленгенлигин Фараби атап өтеди.
Фараби: Бул күшлердиң ҳеш бири материядан бөлек жасамайды. (Ни одна из этих сил не существует оторванно от материи (Фараби. Существо вопросов // Изб. произ. мысл. Ближ. и Средн. Востока. с. әң9-әө0).
Фараби билиўдиң еки басқышын ажыратады - сезиўлик ҳәм ойлаў. Сезиўлик билиўдиң ролин айта отырып, Фараби адамды сыртқы дүнья менен байланыстырыўшы сезимлердиң бес түриниң ҳәр бирине тоқтамайды.
Сезиўдиң ҳәр бир түрин Фараби сезимлердиң белгили органлары менен байланыста қарайды.
Фараби: қәлеген сезиў адамлардың сезиў органларына обьектив өмир сүриўши предметлердиң конкрет қәсийетлериниң сыртқы физикалық тәсириниң нәтийжеси.
Фарабиде титиркениўдиң күши менен сезиўликтиң (чувствительность) себеплик ғәрезлилик туўралы белгили көз-қарас бар. Басқаша айтқанда, титиркениў қаншама күшли болған сайын, ол болдырғанның изи сезимде узағырақ сақланады.
Фараби сезиўлик билиўди тиккелей, конкрет сәўлелениў сыпатында түсинеди.
Фарабиде билиўдиң сезиўлик этапы менен яд, елеслетиў ҳәм қыяллаў байланыстырылады ҳәм оларға сезиў менен ойлаўдың арасындағы орын бериледи. Фарабидиң ядтың, қыяллаўдың тәбиятын түсиндириўи олардың физикалық органын анықлаўға умтылыў менен характерли. Ол, оның пикиринше, мийдиң алдыңғы бөлегине жайласқан. Бирақ адам ушын өзгешелик сезиў ҳәм яд емес, олар гей бир ҳайўанларға да тән, ал ақыл-ой болып есапланады. Адамның ҳайўанлардан айырмашылығы сонда, ол билимди ақыл-ой ҳәм сезиўлер арқалы алады. (Фараби Таьликот // В сб.

Страницы: <<  <  47 | 48 | 49 | 50 | 51  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: