иминиң мусылманша раўажланыўы менен дин арасындағы қарама-қарсылықты сапластырыў. Буны Ғаззалидиң пикиринше, суфизмниң базасында ғана әмелге асырыў мүмкин. Ол Тусқа қайтып келеди ҳәм көп мийнетлер жазады. qqqq-жылы декабрьде Тарабанға жақын жерде қайтыс болды. Ғаззалийдиң мийнетлери философия, этика, дин ҳәм суфизм бойынша жазылған. Тийкарғылары «Диний илимлердиң жанланыўы», «Философларды бийкарлаў», «Бахыттың философиялық тасы» ҳ. т. б
Ғаззали Фараби ҳәм Ибн Синаның шығармаларын жақсы билген. Ол өзиниң «Макосидуль фалсафа» (философлардың мақсети) атлы мийнетинде олардың көз-қарасын баянлады. Фараби ҳәм Ибн Синаның философиялық системаларының исламды беккемлеўге уқыпсыз екенлигин айтып, оларға қарсы шықты. Ғаззалидиң бас мийнети - оның төрт томлық «Иха улум ад-дин» (Диний илимлердиң жанланыўы) атлы мийнети. Китапты ал-Кинди жүдә әҳмийетли деп есаплады ҳәм оның арабша нусқасы менен бир ўақытта парсы тилиндеги жеңиллескен ҳәм қысқарған вариантын ҳәм «Кимъен саъодат» (Бахыттың философиялық тасы) деген менен жазып шықты. Бул мийнет «Чахар китаб» (төрт китап) атына да ийе. Бул китаптың кең тарқалғанлығы соншелли, белгили исламды изертлеўши И. Гольдциер- «егер Мухаммедтен кейин пайғамбар болатуғын болса, ол әлбетте ал-аззали болар еди» деген еди.
Ғаззали улыўма динге исениўдиң сыртқы рәсмий көринисиниң сыйқақлығын ҳәм динге исениўшилердиң барлық миннетлерин тек дәстүрлерди механикалық бежериўге бағдарланатуғынлығын ҳәм онда сезимге дерлик орын жоқлығын мойынлайды. Екинши жағынан қарағанда, ол Ғаззалидиң пикиринше, сезимлер үлкен роль ойнайтуғын суфизм өзиниң тәлийматларында ҳәмме ўақыт белгили өлшемге ийе бола бермейди, гейде ислам менен жүдә коллизияға келип қалады.
Динди «жанландырыўдың» мүмкиншилигин ол гейбир мистикалық элементлерди, суфизмнен алынған сезим,
Страницы: << < 31 | 32 | 33 | 34 | 35 > >>