ьяның өз-ара қатнасын себеп ҳәм ақыбет деп қарайды. Каламға ол өзиниң үш басқыштан туратуғын тәлийматын қарама-қарсы қояды. Биринши басқыштан - логика ҳәм математикадан баслап, екинши этап - тәбияттаныў арқалы үшинши басқышқа - метафизикалық проблемаларға өтеди.
Кинди математикалық ҳәм тәбияттаныў илимлериниң илимий билиўдеги ролин айрықша атап көрсетеди ҳәм ортодоксаллық руўханыйлықтың схоластикасын бийкарлайды.
Ал Кинди антик дәўирдиң мийрасына, әсиресе Аристотельдиң мийрасына ҳүрмет пенен қарайды. Ол «Аристотельдиң китапларының саны ҳәм философияны менгериў ушын не зәрүрлиги ҳаққында трактат» атлы мийнет жазды. Бул мийнетинде философ деп санайтуғын ҳәр бир адамның Стагириттиң философиясын үйрениў зәрүрлиги айтылған. «Бес тийкар туўралы китап», «Пайда болыў ҳәм жоқ болыўдың ҳәрекеттеги себеплери» ҳ. т. б. мийнетлеринде әййемги грек ойшылының тәлийматын раўажландырады.
Ол уранға бираз скептик дәрежеде қатнас жасады. Мусылман ортодокслары ушын ол еретик саналды ҳәм реакция жыллары оның китаплары жоқ етилди.
Абу Хамид Газзалий
Хорасанда Тус қаласында туўылды. Билим алыў ушын Нишапурға атланады. q0it-жылы Низам аль-Мульк атлы сельжумы ҳәзирдиң хызметинде болады ҳәм Низам ал-Мульк оған Бағдадта тийкары салынған Низалия медресесинде философия кафедрасын тапсырады. Төрт жыл ол жерде ислеп, соңынан кафедраны иниси Ахмадқа тапсырады ҳәм өзи биротала илим менен шуғылланады. Саяхатта болады. Мекке, Дамаск, Иерусалим, Александрияға барып ири алымлар менен ушырасады, китапханаларда жумыс ислейди. Бул жыллар ол ушын нағыз азатлы изленис жыллары болды. «Мен бәрин көрдим аўытқыўлар, гүманланыўлар, бийкарлаўлар, исенимнен айрылыўлар, шынлықты суфизмнен таптым» деп жазды соңынан Ғаззали. Ғаззали алдында турған тийкарғы проблема илим менен биринши гезекте грек ил
Страницы: << < 30 | 31 | 32 | 33 | 34 > >>