сыпатында болды. Екинши жағынан халифатта феодаллық группировкалар арасында власть ушын гүрес жүрди. Ол сондай-ақ диний түс алып, ҳәр қыйлы секта ҳәм ағымлардың арасындағы қарама-қарсылық формасында көринди.
Сектанлықтың дәрегине көз жиберсек, исламдағы бөлиниў қашшан-ақ бар еди. Оның социаллық негизи Мухаммедтиң аталас иниси ҳәм күйеў баласы Али менен (олар Мухаммедтиң үйи ўәкиллериниң артықмаш ҳуқықы ушын ҳәрекет етти) Абу Суфьян үйи басқарған гөне Мекке аристократиясының тәрепдарлары арасындағы гүрес еди.
Саҳаббалар («пайғамбардың сериклери») халифатлыққа ҳуқықты третей судына бериўди талап етти. Али келисим берди. Бул шешимди оның көп ғана тәрепдарлары қолламады, оның халифатты басқарыў ҳуқықына шек жоқ деп есаплады. Оппозиция хариджитлер (қозғалаңшы) деген атқа ийе болды. Хариджитлер тийкарынан ашлар, жарлылар қатламын қурады. Олар халиф етип қатардағы әскерди сайлап, Али ҳәм Муавиге урыс дағазалады. Оларды властьқа ҳуқықтан маҳрум деди. үyq-жылы хариджитлер қастыянлық уйымластырып, Алиди Куфеде өлтиреди.
Хариджитлер
Хариджитлер ҳәрекети - жәмийеттиң төменги қатламының феодаллық топарлардың зулымлығына, озбырлығына қарсы ҳәрекети. Ол демократиялық характерге ийе болды. Қатардағы мусылман араблардың мәплерин ҳәм тийкарғы халықтың мәплерин билдирип, теңлик ушын гүрести.
Хариджитлердиң бир бөлеги (ибадитлер) қураллы күштен бас тартты ҳәм диний пропагандалық искерлик пенен шекленди. Фанатиклери (азракитлер) ким олар менен келиспесе, солар менен аяўсыз гүрес алып барды ҳәм сазайын берди. Бул исте баланы ҳәм хаялды ҳәм ғаррыны ҳәм аямады. Нәтийжеде олар халықтың ғәзебине тап болды, халықтың қуўатлаўынан қалып халифлик власть тәрепинен көп узамай жоқ етилди.
Өлпең ибадатлар Арқа Африкада табысқа ийе болды. Рустемидлердиң Ибадитлик мәмлекетин қ
Страницы: << < 11 | 12 | 13 | 14 | 15 > >>