ң диний - философиялық ой-пикирдиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы
Орайлық Азияны араблар жеңип алғанға дейин майда феодаллық ийеликлерге бөлинген еди. Мәдений жақтан алдыңғылар қатарына цивилизацияның Согда, Хорезм, Усрушана, Ферғана, Чагиниани сияқлы орайлары киреди. Бул жерлерде әййемги мәденият, жазыў, өнер-кәсип өндириси, саўда жәмленди. Мавереннахр арқалы ири саўда жоллары өтти.
VII әсирдиң ақыры VIII әсирдиң басында Мавереннахр халықлары араб халифатлығының қол астында болды. Буған сиясий жақтан бөлшеклениў ҳәм феодаллық өз-ара урыслар жағдай жасады.
Аравия ярым атаўы исламның пайда болыў қарсаңында руўлық қәўимлик қатнаслардың ыдыраў стадиясында еди. VI әсирде араб қәўимлериниң ишинде орайласыўға умтылыў тенденциялары күшейеди. Бул бир қудайлықты (единобожие) тавхидти қәўимлик культқа - ширкқа қарсы қойып нәсийҳатлаўда көринди.
Соңғы Ханифлердиң биреўи Мухаммед болды. Ол Меккеде ҳүкимдарлық еткен курейш қәўиминен еди. Мухаммедтиң ҳәм оның шериклериниң искерлигиниң нәтийжесинде ханифизм жаңа диний ағым - ислам сыпатында қәлиплести. Мединада қәўимлерден жоқары туратуғын динге исениўшилердиң жаңа общинасы - умма пайда болды. Бул общинада Мухаммед пайғамбар деп табылды.
Мухаммедтиң тусында-ақ қоңсы қәўимлерди басып алыў ҳәм оларға жаңа динди ендириў басланған еди. Бул процесс халифлердиң басқарған тусында жүдә күшейди.
Халиф - арабша пайғамбардың орынбасары дегенди аңлатады. Усыннан мусылманлардың жаңа бирлиги - халифат пайда болды.
Араб басып алыўларының нәтийжесинде жаңа империя Араб халифаты пайда болды. Ол Кавказ таўларынан Ҳинд океанына дейин, Атлантика океанының жағалаўларынан Тянь-Шанның дизбеклерине дейин созылды.
Жергиликли халықлардың араб бийликлерине қарсы көтерилиси жергиликли динге исениўшилердиң исламға қарсы гүреси
Страницы: << < 10 | 11 | 12 | 13 | 14 > >>