Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  54 | 55 | 56 | 57 | 58  >  >>

жоқарғы дәрежеге жетиўи менен мәңгилик болып табылатуғын жер жүзилик ақыл-ой менен бирлесиўи менен байланыслы. Адам қайтыс болады, бирақ оның тирисинде жетилген бахыты руўхый ҳәм көтериңкилик қубылыс бола отырып, өлмейди.
Фарабидиң дүньяға көз-қарасы IX-X әсирдиң мәдений жетискенликлериниң синтези болды. Ол сол дәўирдиң күшли ҳәм әззи тәреплерин ҳәм сәўлелендирди. Шығыстың Аристотели - Фараби өзиниң тәлийматын Жақын ҳәм Орта Шығыстың мәдений жетискенликлериниң тийкарында раўажландырыўға умтылыды.
Фарабидиң тек Шығыстың ғана емес, Батыстың ҳәм жәмийетлик-философиялық ойында үлкен роль ойнады. Тазалық, ҳадаллық туўысқанларына, Абу Сулайман Мантикидиң көз-қарасларына, Ибн Мискавеик, Ибн Баджа, Ибн Туфейли ҳ. б. тәсир етти. Ибн Сина оны өзиниң тиккелей устазы деп есаплады.
Абу Абдуллах Хорезмидиң философиялық көз-қараслары
Абу Абдуллах Хорезми X-әсирдеги ири алым энциклопедист. Хорезмде туўылған, соң ала Шығыста жасады ҳәм соңынан Мафотик ал-ум (Илим гилтлери китабының) - Жақын ҳәм Орта Шығыста биринши энциклопедиялардың авторы болды. Мийнетлеринде право, философия, логика, поэтика астрономия, математика, медицина, музыка ҳ. б. илимлердиң тийкарлары берилген.
Фараби сияқлы Хорезми ҳәм өз дәўириниң илимлерин классификациялаўға умтылады. Барлық илимлерди Хорезми шариатлық ҳәм шариатлық емес деп бөледи. Шариат илимлери тийкарынан динге хызмет етеди, сондай-ақ араб тиллес жәмийетиниң тиллик проблемалары менен байланыслы.
Ал араблық емес илимлер (Хорезми греклер басқа халықларды нәзерде тутады) сол дәўирдиң билимлериниң пүткил жыйынын өз ишине алады.
Дүньяўий (светские) илимлер ол тәрепинен динге бағынбайтуғын сыпатында түсиндириледи. Мәселен, шариат илимлери ҳәм араб тиллес жәмийетлердиң лингвистикалық проблемаларын қанаатландырыў менен байлан

Страницы: <<  <  54 | 55 | 56 | 57 | 58  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: