Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: 1 | 2 | 3  >  >>

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМ МИНИСТРЛИГИ
БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ

Жәмийетлик пәнлер кафедрасы
«Орайлық Азия халықлары философиясы»
пәни бойынша
5220300-Философия бакалавр бағдары ушын
Лекциялар тексти
Нөкис
Бул пән бойынша лекция тексти «Жәмийетлик пәнлер» кафедрасының 2011-жыл 25-май күнги кафедра мәжилисинде тастыйқланды ҳәм университет Ахборот ресурс орайына тапсырыўға усыныс етилди.
Кафедра баслығы ф. и. д. А. Бердимуратова
Леция текстлери дүзиўши ф. и. к. , доц. У. Худайбергенова
Орайлық Азия еллеринде философиялық ойдың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы
Бул дәўирде хожалықтың өнерментшиликтиң, мәденияттың ҳәм искусствоның ҳәр түрли формалары раўажланды. Орайлық Азияға арамей алфавити ениседи, оның тийкарында Хорезмлилер менен согдийлилердиң жазыўы (письменность) пайда болады. Сондай-ақ бул дәўирде Орайлық Азия халықларының әдебий ҳәм фольклорлық дөретиўшилиги қәлиплесесди.
Аўыз еки халық дөретпелериниң ең еретедеги үлгилери-саклардың эпикалық аңызлары, олардың тийкарында Орайлық Азия халықларының патриотлық гүреси бар. Өз ўазыйпаларын атқарыўда олар қәлеген сынаққа шыдам береди, жеке бахтынан ўаз кешеди, өз қәўимлеслери олардың ғәрезсизлиги ушын жанын береди.
Орайлық Азия халықларының эпосларында ҳаяллар ерлер менен теңдей болып, күш жумсаўда, ерликте бир-биринен қалыспаған. Бул Орайлық Азиялық эпосларға тән. Климент Александриский былай жазады сакские женщины, когда обращались притворно в бегство, стреляли с коней, оборачиваясь назад, как это делали мужчины (Климент Александриский. Ковры //В кн Древние авторы о Средней Азии. Ташкент. qor0. с. we).
Ктесий тәрепинен қалдырылған аңызларда Сак патшасы Зарина ҳақыйқый әскер, өз халқының ғәрезсизлигин қ

Страницы: 1 | 2 | 3  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: